36-блог: "Жеке пикир" - Жумысқа тапсырыў ушын резюме қалай жазамыз?
Мен резюме жазыў бойынша қәнийге емеспен. Кореядағы бес жыллық жумыс тәжирийбем тийкарында, билгенимди бөлисиў ушын усы блогты жазыўға қарар еттим.
Бул блог кимлерге арналғанын анықлап алсақ:
Кореяда оқып атырған студентлер (외국인 학생)
Кореяда жумыс орнын излеп жүрген, университетти енди питкерген студентлер (취직 중인 졸업생)
Кореяда жумысын өзгертпекши болған шет еллилер (이직 중인 외국인)
Корея жумыс базары ушын резюме жазыўды үйренбекши болғанлар
Шет елдеги компаниялар және Кореядағы компанияларға жумысқа тапсырып көргеннен кейин, корейслердиң кеўлинен шығатуғын резюме шет еллилер ушын мақул келетуғын резюмеден бир қанша парық қылатуғынын үйрендим. Усындай айырмашылықлар ҳаққында жазыўдан алдын, бир-еки ашшы ҳақыйқатты айтып өтсем орынлы болады.
2025-жылда Кореяда жумыссызлық көрсеткиши соңғы 10 жыллық ишинде ең жоқары дәрежеде.
Кореялы жумыс бериўшилер ушын талабанның питкерген университети, алдыңғы жумыс орнының абыройы өте әҳмийетли.
Networking яғный жалпақ тилде таныс-билиўшиликтиң жумыс базарында пайдасы салмақлы.
Жоқарыдағы гәплерди кеўлиңизди шөктириў ушын айтпадым. Кореядағы (соның менен бирге көп еллерде) ҳәзирги жумыс базарының жағдайынa ишәрә бердим. Резюмеңиз жүдә жақсы жазылған болса да, базыда басқа факторлар себепли ойлағаныңыз әмелге аспай қалыўы мүмкин. Бирақ тоқтап қалыў жоқ, тек алға қарап даўам етемиз.
Кореялы жумыс бериўшилер ушын таярлайтуғын резюмениң (이력서) бир-еки қәсийети бар.
Резюмениң көлеми 2-3 беттен ибарат болыўы мүмкин.
Көрсетиўгe ылайық деп тапқан барлық жетискенликлерди жазыўға болады.
Резюмеге өзиңиз туўралы жеке мағлыўматты (+ фотоңызды) да киритиўиңизге туўры келеди.
Биринши резюмени үлкен бөлимлерге бөлиўден баслаймыз.
Ең биринши бөлим бул "Жеке мағлыўмат" (Personal details, 개인 정보)
Резюмениң ең бас бөлимине төмендегише етип, жеке мағлыўматларыңызды жазасыз.
Туўылған сәне, шаңарақ жағдайыңызға шекем жазып отырыў шәрт емес. Бирақ "Жеке Мағлыўмат" бөлимине киритиў лазым болған затлар (?) да бар.
А) Толық атыңыз (이름)
B) Қайсы мәмлекетте, қайсы қалада турасыз (거주 지역)
C) Телефон номериңиз (전화 번호)
D) Электрон адресиңиз (이메일)
E) Cизде бар виза түри (D10, F2-4, D2) (비자 종류)
F) Бир дана фотоңыз (사진)
Базыда, қосымша төмендегилер бойынша да жазыўыңызға туўры келеди:
G) Қәлейтуғын ис ҳақыңыз (희명 연봉)
H) Туўылған жылыңыз (출생년도)
Екинши бөлим бул "Қысқаша Мазмун" (Summary, 요약)
Өзиңиз, маманлығыңыз ҳәм ис-тәжирийбеңиз ҳаққында төрт-бес гәп жәрдеминде қысқаша ҳәм тәсирли етип тәрийплей аласыз ба? Жеке мағлыўматты жылдам жазып болғаныңыз бенен, өзиңиз ушын резюмениң "мазмун" бөлимин жазатуғын ўақытта көп ойланыўға туўры келеди.
Ойланып дурыс қыласыз. Ис бериўши "Summary"ди оқып, сиз ҳаққыңызда аз болса да түсиникке ийе болады.
"Summary"ди жумыс тәжрийбеңизге, билетуғын нәрсеңизге тийисли етип жазыўға ҳәрекет етиң.
Егер жумыс базарына жаңадан келген болсаңыз (новичок), қандай тараўда оқығаныңыз, маманлығыңыз, профессионал режеңиз, неге бул жумыс орнына тапсырып атырғаныңыз ҳаққында жазсаңыз болады.
"Summary" жазыў ушын қатып қалған қәлип жоқ. Ҳәр ким өз жағдайы ушын маслап "Summary" жаза алады. Лекин, ол узын-шубай болмаўы керек.
Төменде бир-еки мысаллар келтирип өттим.
3 жыллық тәжирийбеси бар мамаңлар усылайынша қысқаша мазмун жазса болады.
English:
Highly motivated and results-oriented Marketing Specialist with 3 years of experience in digital campaign management and content creation. I'm skilled in tools like Google Analytics, CRM software, and various social media platforms, and I'm eager to bring my understanding of data and SEO to a team like yours at "жумыс орнының аты", where I can contribute to something meaningful.Korean:
디지털 캠페인과 흥미로운 콘텐츠를 만드는 일에 3년간의 경험을 가진 마케팅 전문가입니다. Google Ads, 메일침프(Mailchimp), SNS를 활용하여 브랜드와의 연결을 강화하고 실제적인 성과를 내는 데 보람을 느꼈습니다. 데이터 분석과 온라인 콘텐츠를 찾기 쉽게 만드는 저의 능력을 "жумыс орнының аты"과 같은 팀에 기여하여 의미 있는 일을 함께하고 싶습니다.Университетти енди питкергенлер былайынша жазса болады.
English:
Recent Computer Science graduate with a strong foundation in software development and problem-solving. My academic projects gave me hands-on experience with languages like Python and Java, and I'm comfortable with tools like Git for managing code. I'm excited to learn more and contribute my skills to a team like yours.Korean:
대학교 컴퓨터 과학과를 갓 졸업한 신입으로, 소프트웨어 개발 분야에 뛰어들 준비가 되어 있습니다. 소프트웨어가 어떻게 작동하는지 잘 이해하고 있으며, 코딩으로 문제를 해결하는 것을 즐깁니다. 학과 프로젝트를 통해 Python과 Java 같은 언어를 직접 다루는 경험을 했고, 코드 관리를 위한 Git 같은 도구도 익숙합니다. 당신의 팀에서 더 배우고 제 능력을 기여하고 싶습니다.Үшинши бөлим бул "Саўат жағдайы" (Education, 학력 사항)
Бакалавр яки магистратураны қайсы университетте, қандай маманлықта оқығаныңызды жазасыз. GPA ҳәм оқыў барысында ерискен басқа да жетискенликлериңизди қысқаша етип жазып өтсеңиз де болады.
Университетте оқыған маманлығыңыз тапсырып атырған жумыс түрине мас келгени сизиң пайдаңызға ислейди.
Төртинши бөлим бул "Ис тәжрийбе" (Work Experience, 경력 사항)
"Experience" бөлимин жазатуғынларды еки топарға бөлсек болады: тәжрийбеси барлар ҳәм тәжрийбеси жоқлар (яғный университети енди питкергенлер).
Университети енди питкергенлер ушын жумыс тәжрийбе ҳаққында жоқтан жонып жазыў қыйынлаў болады. Әлбетте жоқ нәрсени өтириктен болса да жазың деп атырғаным жоқ. Бирақ, жумысқа биринши қәдемин атып атырғанлар "тәжрийбе" ҳаққында бираз басқаша жазса да болады.
Бул бөлимде нелерди әмелге асырғаныңызды, не үйренгениңизди айтсаңыз болады:
Қысқа ўақытқа, айлық алмай (яки айлық алып) ислеген жумысыңыз (стажировка) ҳаққында.
Университетте қылған проектиңиз, диплом яки изертлеў жумысыңыз туўралы.
Волонтёрлық искерлигиңиз ҳаққында.
Қәнийгелигиңизге аз-маз болса да байланысы бар ярым-ставка жумысыңыз ҳаққында.
Оқыўдан тыс ўақытта әмелге асырған ислериңиз (Жарыс, олимпиада, шөлкемлер ҳәм тағы басқа).
Оқыўдан тыс ўақытта питкерген жеке проектиңиз.
Профессорға илимий изертлеў бойынша жәрдем бергениңиз туўралы.
Жоқарыдағы пунктлердиң қайсы бири ушын резюмеге қоса алатуғын гәпиңиз бар екенин ойлап көриң.
Ҳәр бир пункт ушын тек не қылғаныңды емес, соның менен бирге қандай тәсир көрсеткениң ҳәм қандай усылларды қолланғаныңды да көрсетиў лазым.
Төмендеги формулаға тийкарланып жазып көрсетсеңиз болады:
Не иследиң? + Қалай иследиң? + Нәтийжеси қандай болды? (Илажы болса, сан жәрдеминде жеткер)
Төменде бир-еки мысаллар келтирип өттим:
Developed a mobile application using Python and Django to streamline student event registration, resulting in a 20% increase in sign-ups.Provided excellent customer service to an average of 45 customers daily, resolving inquiries efficiently and maintaining a positive store environment.Coordinated fundraising events that raised over ₩500,000 for local charities.Қандай ислерди әмелге асырғаныңды отырып ойлап, жазып көр. Басқаларға оқытып, тексертип көр. Ҳәдден тыс бөрттирип жазба. Бирақ, өте әпиўайы етип те жазба.
Жумыс тәжрийбеси барлар "Experience" бөлимин үлкен итибар менен жазыўы керек. Бул жерге алдыңғы жумыс орынларыңыз, ол жерде қанша ўақыт ислегениңиз, нелерди әмелге асырып, қандай нәтийжелерге ерискениңиз ҳаққында жазсаңыз болады.
Тек не қылғаныңды емес, соның менен бирге қандай тәсир көрсеткениң ҳәм қандай усылларды қолланғаныңды да көрсетиў лазым.
Төмендеги формулаға тийкарланып жазып көрсетсеңиз болады:
Не иследиң? + Қалай иследиң? + Нәтийжеси қандай болды? (Илажы болса, сан жәрдеминде жеткер)
Бесинши бөлим бул "Уқып ҳәм маманлық" (Skills, 핵심역량)
Резюмеңиздиң бул бөлимине қолыңыздан келетуғын өнерлериңизди жазасыз. Әлбетте, тигиў-пишиў, усташылық, яки аўқат писириў емес, бәлким жумыс базарында сизди уқыплы, шебер, билимли қылып көрсететуғын заманагөй өнерлериңизди бирме-бир айтып өтсеңиз орынлы болады. Олар және қәнийгелигиңизге сай болғаны жақсырақ.
Мәселен:
Word, Excel программасында ислей алыў,
Tableau программасын билиў,
Figma яки Canvada ислей алыў,
Бир қанша шет тиллерде сөйлеў алыў,
SEO ҳәм Ads analytics қосымшаларынан пайдаланып билиў,
ҳәм тағы басқа уқыпларыңызды усы жерге жазып өтсеңиз болады.
Әлбетте, жоқарыдағылардың ҳәммесин билиўиңиз шәрт дегени емес. Тапсырып атырған қәнийгелигиңизге бола өнерлериңизди маслап жазсаңыз болады.
Мәселен, 3 жыллық ис тәжирийбеге ийе маркетинг бойынша қәнийге өзиниң өнерлерин төмендегише жазыўы мүмкин:
Digital Marketing: Experienced in managing campaigns (Google Ads, Meta Ads) and creating content.
SEO & Analytics: Skilled in optimizing for search engines and using tools like Google Analytics for data-driven insights.
Content & Social Media: Proficient in developing engaging content and managing social platforms (e.g., Hootsuite).
CRM & Email Marketing: Familiar with CRM software and executing email campaigns (e.g., Mailchimp).
Foreign Languages: Proficient in English, Korean and Russian
3 жыллық тәжирийбеге ийе программист өзиниң билетуғын нәрселерин төмендегише жазып өтиўи мүмкин:
언어: Java, Kotlin, JavaScript, TypeScript
프레임워크/라이브러리: Spring Boot, Spring Data JPA, QueryDSL, React, Node.js
데이터베이스: MySQL, MongoDB, Redis, PostgreSQL
도구 및 인프라: Docker, Kubernetes(K8s), Kafka, RabbitMQ, AWS
Алтыншы бөлим бул "Сертификатлар" (Certifications, 자격증)
Аўылда ҳәмме күйип-пиcип оқып, таярланып IELTS тест тапсырыўға, сертификатын алыўға урынып атыр. Инглиз тилин билемен деп аўызеки айтыў басқа, сол билимди рәсмий қағаздағы балл менен дәлийллеп бериў басқа. "Ананы билемен, мынаны билемен" деп асыра айта бериў мүмкин. Бирақ Корея сыяқлы раўажланған еллердеги қәнийгелер ушын қуры гәп бул ҳаўа менен толтырылған қапқа уқсайды. Билимиңизди дәлийллеў ушын рәсмий тест тапсырып, сертификат алып, көрсетиў керек болады.
Демек, сиз шет елли сыпатында қандай сертификатларды алыўға ҳәрекет етсеңиз болады?
Шет тиллери сертификатлары - Корейс тили бойынша TOPIK тест тапсырып сертификат алың. Және инглиз тили яки басқа қосымша тиллерди билсеңиз тест тапсырып, сертификат алсаңыз болады.
Жумысқа тараўына байланыслы сертификатлар:
IT/Технология:
Microsoft Certified Professional (MCP)
AWS Certified Solutions Architect,
Google Cloud Professional,
Ҳәр қыйлы кибер-қәўипсизлик сертификатлары (CISSP, CISM, CEH)
ҳәм тағы басқа.
Проект басқарыў:
Agile проект басқарыў бойынша PMP (Project Management Professional),
Certified Scrum Master (CSM), PRINCE2,
ҳәм тағы басқа.
Маркетинг:
Google Ads,
Google Analytics Individual Qualification (GAIQ),
HubSpot сертификаты,
Salesforce сертификатлары,
ҳәм тағы басқа.
Инженерлик/Ислеп шығарыў:
Six Sigma (Green Belt, Black Belt),
ISO certifications,
CAD/CAM Software,
ҳәм тағы басқалары.
Әлбетте, жоқарыда көрсетилген сертификатлардың ҳәммесин алып отырың демекши емеспен. Шәрт емес. Бир-еки керекли сертификат болса болады. Қалғанын өзиңиз ушын, билимиңизди тереңлестириў ушын оқып, тапсырып барасыз.
Мениң 2026-жыл ушын планларымнан бири 정보처리기사 деген сертификат ушын таярланып, тест тапсырыў болады. Бул сертификатты жумыс орным талап етип атыр. Ҳәзир усы тест ушын оқып атырман.
Жетинши бөлим бул "Илимий мақалалар ҳәм басқа да жетискенликлер" (Publications, 논문 및 수상내역)
Егер жазыўға ылайық нәрсеңиз болса ғана бул бөлимди резюмеңизге қосың. Көбинесе, Магистр яки PhD оқып атырғанлар өзлериниң илимий мақалаларын көрсетип өтиўи мүмкин.
Қосымша қәнийгелигиңизге байланыслы жетискенликлериңиз болса, олардың ишинде ең әҳмийетлисин жазып өтиң.
Резюмени бир рет жазып қоймаң. Қайта-қайта жазып, дүзетип, және дурыслап жазыўға ҳәрекет етиң. Танысларыңызға яки менторыңызға резюмеңизди көрсетип, пикирлерин еситип көриң. Олар базыда сиз көзден қашырған нәрселерди айтып бере алады. Грамматикалық, орфографиялық қәтелерди тексериң.
Резюмени корейс ҳәм инглиз тиллеринде таярлаң.
Корея жумыс базары ушын резюмени қалай жазыў ҳаққында айтып өттим.
Менде бир қанша резюме үлгилери (шаблон) бар. Егер сизге керек болса, dembermes Инстаграм аккаунтына хабар жазып қалдырсаңыз болады.
Жумысларыңызда әўмет!








