12-блог: “Жеке пикир” - Кореяда жумысқа кириў аңсатпа?
Кореяға келип жасап атырғаныма демде 8 жыл болады. Соның 4 жылын университетте бакалавр дəрежесине оқып, қалған 4 жылын программист сыпатында жумыс ислеп өткердим.
Айтып өтиўим керек, мен Нөкистеги ҚМУда да 4 жыл оқығанман. Бирақ бүгинги блог менин өмир жолым ҳаққында емес.
"Жеке Пикир" деген рубрикадағы блогта көбинесе ITдан басқа темалар бойынша да жазыўға ҳəрекет етемен.
"Кореяда жумысқа кириў аңсатпа?" деген сораўға жуўап бериўден алдын бир нəрсени айтып өтиўим лазым.
Егер Кореяға Е9 (яки Е7-4 ) деген виза түри менен келмекши болсаңыз, бул блог сиз излеген сораўға толық жуўап бермеўи де мүмкин.
Себеби, Е9 яғный жумысшы визаны биринши Өзбекстанда турып Корея менен жумыс шəртнамасын дүзип, тексериўден өтип, алып келиў керек болады. Көбинесе, жумыс шəртнаманы Кореядағы завод, фабрика, ферма, аўыл-хожалығы ширкетлери менен бирге дүзеди. Ол жерлерде жумыс баршылық. Сонлықтан Өзбекстан Қубла Кореяға шəртнама тийкарында жылына бир неше жүзлеген жумысшыларды жибереди.
Танысларыңыздың Кореяға жумысқа кеткенин көрсеңиз "Кореяда жумыс көп екен" деген түсиник пайда болыўы мүмкин.
Лекин, Өзбекстаннан жəне Кореяға жылына бир неше мыңлаған жаслар оқыў нийетинде студент болып келеди.
Усы блогта Кореяда оқыўды питкерген шет елли студентлердиң жумысқа кириўи аңсатпа деген темада жазыўға ҳəрекет етемен.
Университетте оқып жүрып, сабақтан тыс ўақытта, келисимли түрде ярым ставка жумыс ислеп, жеп-ишиўге пул табыўға болады. Мениң өзим де сондай қылып едим. Ол өз алдына тема.
Бул блогта "Кореядағы университетти питкерип болып рəсмий түрде, толық ставкаға, Кореядағы компанияға жумысқа кириў аңсатпа?" деген мəселе туўралы айтып беремен.
Бириншиден, Кореяда университетти питкерген шет елли студентке завод, фабрикалар менен жумыс шəртнамасын дүзип, Е9 виза алыўға руҳсат жоқ.
Бакалавр дипломын алған студент профессионал виза түри есапланатуғын Е7-1 яки Е7-2 деген виза түрине тапсыра алады.
Лекин, бул визаниң бир қанша талапларын да қанатландырыўыңыз шəрт болады.
Биринши, сизди жумысқа алыўға қайыл болған жумыс орнын табыўыңыз керек. Сол жумыс бериўши менен шəртнама дүзиўиңиз керек.
Екинши, университетте оқыған қəнийгелигиңизге мас келетуғин жумыс түри болыўы лазым.
Үшинши, жумыс бериўшиден алатуғын айлық муғдары да нызам тəрепинен белгиленген нормадан кем болмаўы шəрт.
Көрип турғаныңыздай, профессионал жумыс визаниң өзине тапсырыў да бираз машақатлы.
Кореяда нызамлы түрде жасаў ушын визаңыз болыўы зəрүр.
Университетте оқып жүргениңизде D2 студент виза менен жүресиз. Дипломыңызды қолға алған ўақтыңыз D2 визаның мүддети питеди.
Соңын ала, D10 яғный жумыс излеўши визаға 6 айға шекем өтиўиңиз мүмкин. (6 айдан 4 рет созыўға болады) Усы ўақыт аралығында жумысқа кириўге урынасыз.
Енди усы жерде мен бир неше жыллар даўамында байқаған бир еки нəрсени айтып өтсем.
Көплеген Кореяға оқыўға келген танысларым бакалавр дəрежесин алып болып, жəне магистрге оқыўға кирип, соңын ала докторантураға кирип оқып атыр. Бир қарасаң 7-8 жылдан берли студент болып оқып жүрген болады.
Бул жағдайдың себеплериниң ең үлкени Кореяда рəсмий түрде жумысқа кириўдиң əдеўир қыйын екенлиги. Бирақ илажсыз нəрсе емес. Жəне бир себеби, қайсы шет мəмлекет болса да, сол жерде узақ мүддет нызамлы түрде жасаў ушын қолай ҳəм аңсат алыўға болатуғын виза бул студент виза.
Кореяда конкуренция бираз күшли. Ашық жумыс орнына резюмеңизди тапсырсаңыз сиз бенен бирге басқа кореецлер де тапсырады.
Көбинесе, жумыс бериўшилер аңсат тил табыса алатуғын "өзлериниң" адамын жумысқа алғанды раўа көреди.
Жəне сол кореецлердиң қосымша сертификатлары (IELTSқа қусаған) болыўы мүмкин.
Қулласы, қағазда болса да өзин жақсы тəрептен көрсете алады.
Соның ушын, дəслепки тəсир жүда əҳмийетли. Себеби, қайсы орынға арза тапсырсаңыз да , биринши сиз жиберген резюмеге қарап сизди баҳалайды.
Корейс тилин толық билсеңиз, ҳəм оны TOPIK сертификаты арқалы дəлийллей алсаңыз жүда жақсы. Қосымша тиллерди билгениңиз де жақсы.
Қосымша басқа сертификатларыңыз болғаны (мəселен, компьютер саўатханлығы) оннан да жақсы.
Кореецлер сертификатқа тест тапсырыў ушын күни -түни оқып, таярланады. Еситиўим бойынша, тапсырып көриў мүмкин болған 300 ден аслам сертификат тест түри бар.
Ашық жумыс орнына арза тапсырғаныңыздан соң, жумыс бериўши сизиң резюмеңизди баҳалап, биринши скрининг басқыштан (document screening) өткериўди яки өткермеўди шешеди.
Көбинесе, ҳəр түрли себеплерге байланыслы усы биринши этаптан өтпей қалыўыңыз да мүмкин.
Буған төмендегилер (ҳəм басқа да) себеп болыўы мүмкин:
1. Жумыс бериўши сизди шет елдиң пуқарасы болғаныңыз ушын корейс тилинде жақсы сөйлей алмайды деп ойлайды.
2. Жумыс бериўши сиз шет елдиң пуқарасы болғаныңыз ушын Е7 виза алыў мəселесин қыйын көриўи мүмкин (Базы бир компанияларға Е7 визаға тапсырыўға руҳсат жоқ)
3. Шет елдиң пуқарасы болғаныңыз ушын сизге исенбеўи мүмкин.
4. Сизден басқа кандидатлар бар болыўы мүмкин.
5. Резюмеңизде, яки қосып тапсырған документлериңизде кемшилик болыўы мүмкин.
Өзиңизге байланысы жоқ басқа себеплерди деп биринши этаптан өтпей қалыўыңыз мүмкин.
Лекин, қапа болмай, қайтадан қəнийгелигиңизге мас жумыс орнына тапсырыўға ҳəрекет етиң. Бирден болатуғын нəрсе жоқ. Әсиресе, жумыс излесеңиз, "отказ" алыў бул тəбийий жағдай.
Менде де сондай болған. Шет елде оқыў басқа гəп, ол жерде жумыс табыў басқа гəп.
Илажын қылып, жумыс орнына араласып кеткенлер де бар. "Олар қалай епледи?" деген сораўға жуўап жазайық. Олардың көпшилигин тутастырып туратуғын улыўмалық белгилер бар.
1. Жумыс базарының "нишасын" (niche) тапқанлар - Ҳəм конкуренция аз, ҳəм талап бар тараўды "ниша" (Инглизше niche деген сөзден келип шыққан) деп айтады. Мəселен, компьютер/мобил ойынларын социал тармақларда тарғыб қылыў/реклама қылыў искерлиги. Яки, Корея косметикасын шет елдиң пуқараларына реклама қылыў искерлиги (маркетинг), түңги сменада техникалиқ жəрдем көрсетип ислеў ҳəм соған қусаған.
2. Орта Азия яки шет ел менен байланыслы бизнес қылатуғын компанияда жумыс тапқанлар - Бизнес тараўында оқығанлар, корейс тилинен басқа инглиз ҳəм рус тилин билетуғынлар шет еллер (асиресе СНГ еллери) менен рəсмий түрде байланыс қылатуғын компанияларға жумысқа кириўи мүмкин.
3. Дилмаш сыпатында жумысқа киргенлер - Өзбек, яки рус тиллерин жақсы билсеңиз, айрым компанияларға, клиникаларға, агентликлерге аўдармашы/переводчик сыпатында жумысқа кириўиңиз мүмкин.
4. Анық пəнлер тараўында оқып, инженер, механик, девелопер сыпатында жумысқа киргенлер - Қай жер болмасын, жақсы инженер ҳəммеге керек. Инженер сыпатында жумысқа кириўдиң қыйыншылықлары болса да, жақсы инеженерлерге Кореяда да талап күшли.
Уси жерде айтып өтиўим керек...
Егер тил билсеңиз, ҳəм жақсы, тəжрийбели девелопер болсаңыз, Кореядан басқа елде жумыс ислеўди мəслаҳат берген болар едим. Неге ондай екенин кейинги "Жеке Пикир" рубрикаларында айтып беремен.
5. Әўметлилер - Усы өмирде түсинген бир сезимлериңди айт деп сораса, "əўмет" деген нəрсеге көп нəрсе байланыслы екенин айтар едим. Өмир əдалатсыз. Базыда қанша ҳəрекет етсеңизде əўметиңиз келмеўи мүмкин. Бирақ, тек алға қарап ҳəрекет етемиз.
6. “Элит” оқыў орны, жумыс орнынан “келгенлер” - Шет елдеги белгили элит жоқары оқыўын питкергенлер яки үлкен корпорацияларда жумыс ислеген тəжрийбелилерди корейс тилин жақсы билмесе де жумысқа алыў итималы жоқары.
Резюмеңиз биринши скринингнан өтсе, кейингиси интервьюге шақырыў басқышы болады. Интервьюде сиз туўралы, тəжрийбеңиз, минез-қулқыңыз, билимиңиз ҳаққында сорайды.
Инженер лаўазымына тапсырған болсаңыз, қосымша тестлер болады. Мениң өзиме ҳəр сапар "коудинг тест"ти де шешиўге туўры келген. Базыда интервью бир рет болады. Базыда 2 яки 3 басқыштан ибарат болады. Базы компаниялар группалық интервью өткереди. Бул дегени, кандидатлардың 3- 4еўин отырғызып қойып бирме-бир сораў береди.
Яки, 3- 4 жоқары лаўазымдағы адам тек сизди отырғызып қойып сораў береди.
Жоқарыдағы сүўретлер бул Корея дорамаларынан видео үзинди. Тек, мысал сыпатында келтирип өттим.
Интервьюге де өз алдына таярланыў керек.
"Усыны сорап қалады-аў" деген сораўларға жуўап жазып, ядлаў керек. Инглизше, ҳəм корейсше сөйлеп жуўап бериўди практика қылыў керек.
Кейинги блогларда қалайынша Кореяға жумысқа кириў, қандай документлерди таярлаў, ҳəм нелерге таярланыў кереклиги ҳаққында жазып өтемен.
Усы блогты оқып, қорқып қалыўыңыз мүмкин. Бирақ ойшы ойланаман дегенше, тəўекелши дəрьядан өтеди дегендей, қорықсаңыз нийет қылған əрманларыңызға ерисиўиңиз қыйын.
Соның ушын, алды артыңызға қарамай, тек ҳəрекетте болып, изленип, билим алыўдың жолында болсаңыз, əлбетте, мақсетлериңизге ерисесиз.🍀







