24-блог: "Жеке пикир"- Кореяда жумысқа қалай тапсырамыз?
Биринши "Жеке Пикир" рубрикасы астында жазған блогымның даўамы сыпатында усы блогты жазыўға қәрар еттим. Кореяда оқыўды питкерип, рәсмий түрде толық ставкада жумысқа қалай тапсырыў, қандай документлерди таярлаў, ҳәм нелерге итибар бериў кереклиги ҳаққында айтып беремен.
Өзим де енди оқыўды питкергенимде жумыс излеў бабында мәсләҳат беретуғын менторым болғанын қәлеген едим.
Мениң қәнийгелигим – IT. Программист (бағдарлама жаратыўшы, девелопер) болып жумыс ислеймен. Бирақ бул блогты ҳәммеге тийисли етип жазыўға ҳәрекет еттим.
Кореяда оқып атырсызба? Жудә бәрекелле!
Бирақ өмир тек оқыўдан ибарaт емес. Сонша алыс еллерге келип, қыйналып оқығаныңыздан кейин, 2-3 жыл болса да сол елде жумыс ислеп, тәжрийбе жыйнап, пул тапқыңыз келеди. Бирақ жат елде жумыс табыўдың қыйыншылығын да айтып өткен едим.
Сонлықтан, жумысқа кириў таярлығын университеттеги оқыў дәўринен баслаў керек.
Мәселен, 3 яки 4- курс ўақтыңызда жазғы яки қыскы дем алыста internship (стажировка) қылыўға ҳәрекет етиң.
Кишкене яки үлкен болсын, қәнийгелиңизге мас жумыс орнында 2-3 ай иcлеп тәжрийбе топлаң. Ҳәм усы жумыс орнын internship сыпатында резюмеңизге қосып жазың.
A. Жумысқа арза тапсырыўдан алдын, биринши нелерге итибар бериўим керек?
1. Корейс тилин үйренип, TOPIK сертификатын алың.
Базы бир жумыс орынларына корейс тилин билиў мәжбурий емес. Бирақ ондай жумысларда ислеў ушын сизде басқаларда таптырмайтуғын билим бар болыўы, яки белгили тараўда оттай маман болыўыңыз керек.
Өзбекстандағы пайтахт яки басқа қалаларды елестетип көриң. Мәмлекетлик тил өзбек тили болса да, рус тилин қосымша билсеңиз, жумысқа орналаcыў аңсатлаў болыўы мүмкин. Өзбекстанда турыпта жумысқа кириў ушын басқа тилди билиў зәрүрлиги бар болған заманда, Кореяға келип корейс тилин билмей жумыс таўаман деп ойлаўдың өзи қате.
2. 스펙 (spek) жақсы болыўы ушын ҳәрекет етиң.
Кореяда көп қолланылатуғын неологизм (таза сөз). Инглизшеден specification деген сөзден келип шыққан.
Мәниси – бир адамның (айрым жағдайларда буйымның) квалификациясы.
Сонда нелерге итибар бериў керек? Университетте оқып атырсыз ямаса питкергенсиз деп алайық.
Демек, GPA жақсы болыўы керек. Егер, GPA не екенин билмесеңиз, көбирек оқыўыңыз керек екен.
Университетти питкерип алған илмий дәрежеңиз бакалавр, магистр яки докторантурама?
Корейс тили, инглиз тили яки басқа шет тиллери бойынша алған сертификатларыңыз барма? (TOPIK, TOEIC, HSK қусаған)
Қосымша басқа сертификатларыңыз барма? (컴퓨터활용능력 1급, 국제무역사 1급 ҳәм соған қусаған)
(Негизи, шет елли студентлерден бундай сертификатларды күтпейди. Бирақ, қәлеген корейсте ең кеминде бир-еки қосымша сертификатлар болады. Соның ушын да конкуренция күшли.)Internship (стажировка) тәжрийбеңиз барма?
Оқыўдан тысқары дөгереклерде/шөлкемлерде қатнасқансызба?
Жарысларға қатнасып алған сертификатларыңыз барма?
Жоқарыдағы spek-лерди жақсылаўға ҳәрекет етиң. Бирақ, қалай болмасын жарысқа қатнасыўыңыз керек, басқа сертификатлар ушын да оқып, таярланыўыңыз керек демеймен. Себеби тап усы квалификациялардың бар болыўы мәжбурий емес. (Егер қолға киритсеңиз, жудә жақсы.)
Және, әлбетте магистратура яки докторантураға шекем оқың деп айтпайман. Егер өзиңизге керек болса, кирип оқың. Базыда докторантураға шекем кирип оқыўыңыз шарт емес.
Ең баслысы, оқып жүрип "оқыўға" итибар бериң.
Жақсы оқың. GPA төмен болмасын.
Оқыўда актив болың.
Корейс тилин үйрениң.
Қәнийгелигиңизге мас стажировка қылыўға ҳәрекет етиң. (알바 бул стажировка емес).
3. Резюме/이력서 таярлаң.
이력서, яғный резюме жазыў да жудә әҳмийетли. Қолға кириткен квалификацияларыңызды көз-көз қылып билиў де өз алдына талант🥲
Корея компаниялары 'детально жазылған' резюмелерди жақсы көреди. Фотоңызға шекем қосып тапсырыўыңыз керек болады.
Резюме жазыў да өз алдына тема. Ол ҳаққында да кейинги блогларымда жазып қаларман.
Егер қәлесеңиз, Кореядағы компанияларға жумысқа тапсырыў ушын көп қолланылатуғын резюме үлгисин сизге таслап беремен. Буның ушын, сиз "dembermes" инстаграм аккаунтын "follow" қылып, маған жазсаңыз, сизге резюме үлгисин жиберемен 🫰
4. Мотивациялық шығарманы/자기소개서 жазың.
Мотивациялық шығарма дегенимиз не? Кореяда қысқа етип 자소서 деп атайды. Жумыс бериўши бир дана резюме жәрдеминде сизди баҳалаўы қыйын болыўы мүмкин. Сондай ўақытта резюмеге қосымша сыпатында жазып тапсыратуғын автобиографияға қусайтуғын шығарманың роли үлкен. Әсиресе, университетти енди питкерип еле ҳақыйқый жумыс тәжрийбеси жоқ жаслар ушын сондай шығарманың өзи де бир имканият.
Шығарманы не ҳаққында жазамыз? Өзиңиздиң өмириңизди басынан ақырына шекем жазыў керек дегени емес. Оқып жүрип таңлаған қәнийгелигиңизге байланыстырып жазсаңыз жуда мақсетке муўапық болады.
Мысалы, сол тараўға қалай қызығыўшылығыңыз оянғаны ҳаққында, оқыўда жүрип не ислегениңиз/үйренгениңиз, қандай қыйыншылықларды жеңип өткениңиз туўралы, алдыңызға қойған мақсетлериңиз яки сол тараўдың маманы болатуғындай сизде қандай қасийет ҳәм қабийлет бар екенин асырып, аз-маз бөрттирип жазсаңыз да болады.
Мотивациялық шығарманы да еки тилде (инглиз ҳәм корейс) жазыўды мәсләҳат беремен. Ҳәм бир жазып "жетерли" деп тоқтап қалмаң. Жазып болып, тексерип, дурыслап жазып, тағы тексерип, қайтадан жазып, жақынларыңызға көрсетип, пикирин сорап көрип, қайтадан жазып көриң.
5. Портфолио таярлаң.
Портфолионы дизайнерлер таярлайтуғын журнал сыпатында билетүғын адамлар баршылық. Портфолио деген сөз де тараўына қарап, ҳәр түрли мәниске ийе болыўы мүмкин.
Жумыс излеўшилер ушын портфолио – резюмениң "қурамаласқан" көриниси. Портфолио - сизиң талант, уқып ҳәм профессионал тәжрийбеңизди көз-көз қылып көрсетиўге жәрдем беретүғын документ. Ол бир неше бетлерден қуралған болыўы мүмкин.
Портфолионы да ўақыт ажыратып, қунт пенен таярлаған жақсы. Бирақ көпшиликтиң уақты жоқ.
Программист ретинде таярлаған портфолиом 6 беттен ибәрәт еди🥹Басқалар 20 бетке шекем таярлайды.
Портфолиони PowerPoint, Word яки басқа онлайн программа жәрдеминде таярласа болады.
Мен жеке үстинде ислеген проектлерим ҳаққында түсиндирип жазған едим.
Маркетинг тараўында жумысқа тапсыратуғынлар да университетте яки стажировка/freelance ислеп жүргенинде әмелге асырған проектлери ҳаққында жазып, ҳәм дәлийллеўши фотоларды қосып таярлаўы мүмкин.
Қулласы, қәнийгелигиңизге байланыслы қылған жумысларыңызды улыўмаластырып көрсетип берсеңиз жудә жақсы. Сертификатларыңызды ҳәм усыныс хатларды да қоссаңыз болады. Портфолионы да инглиз ҳәм корейс тиллеринде таярлағаныңыз мақул.
B. Қалайынша жумыс орнын излеймен?
Демек, қай жерден internship яки жумыс таўып, қалай арза тапcырсам болады?
Оқып атырған университетиңиздиң шет елли студентлер менен ислесетуғын офисине барып, хабарласып сорап көрсениз болады.
(Көпшилик жағдайда "билмеймиз" деген жуўапты алыўыңыз мүмкин.)
Оқып атырған университетиңиздиң jobs, internships деген бөлимине арналған вебсайтына кирип көрсеңиз болады. Сол жерде ашық жумыс орынлары яки жумыс ярмаркалары ҳаққында мағлыўматлар жәрияланады. Яки басқа университетлердиң студентлер ушын арналған жумыс портал вебсайтларын тексерип көриң.
Ҳәр түрли жумыс портал вебсайтларынан излесеңиз болады.
Төмендеги вебсайтларды/приложениелерди усыныс етемен. Бул вебсайтлардан корейслердиң өзлери де жумыс излегенде пайдаланады.
1. Saramin
2. JobKorea
3. Catch
4. JumpIT
5. Wanted
6. Dev-Korea
Linkedin деген вебсайттан пайдаланып, жумыс орнын излесениз болады.
Өзиңиз қызыққан компаниялардың жумыс порталларын тез-тез тексерип барың. Сол жерде де шет елли студентлер ушын арнаўлы жумыс орынлары жәрияланады.
Жумыс ярмаркаларына қатнасың. Сондай ярмаркалардан бири ISF деп аталады. KOICA тәрепинен да шөлкемлестирилетүғын ярмарка бар еди (атын үмытып турман). Төмендеги силтемеге кирип ISF ярмаркалары ҳаққында қарап көрсеңиз болады.
ISF ярмаркаларыNetworking қылып жумыс имкәниятын қолға киргизиўге ҳәрекет етиң.
Аўылда жалпақ тилде "танысы бардың, шансы бар" дейтуғын едиғо. Тап сол гәп Кореяда да жаны бар.Агентликлер арқалы.
C. Қалайынша жумысқа арза тапсырамыз?
Жоқарыда айтып өткен вебсайтларға регистрация қыламыз.
Өзлеримиз ҳаққындағы мағлыўматларды киритемиз.
Резюме ҳәм портфолионы жүклеймиз.
Вебсайттың бас бөлимине кирип жумыс излеймиз.
Өзлеримизге туўры келген ашық жумыс орынларына бирме-бир тап сырамыз.
Телефонымыз яки электрон почтамызды тез-тезден тексерип турамыз. Себеби, кейинги басқышларға өткениңиз ҳаққында сизге email, яки телефоныңыз жәрдеминде хабарлайды.
Интервьюге қалай таярланыў ҳаққында жане бир блог жазарман! Ҳәзирше усылар. Қосымша сораўларыңыз болса, усы жерге яки инстаграмда комментке жазып қалдырың.




