38-блог: Гит, Гитхаб дегенимиз не?
Бул блогты еки түрли көринисте таярладым. Гит (Git) ҳаққында үйренгиңиз келсе, биринши усы блогты оқып шығың. Кейин ала, төменде силтемесин қалдырып кеткен Youtube видеоны көрип шығың.
Гит (Git) дегенимиз не?
Ямаса сол Githubқа уқсаған Gitlab, Bitbucket деген программалардың хызмети неден ибарат? Олар неге девелоперге (программист) зәрүр?
Бир неше жыл алдын Өзбекстанның барлық университетлеринде студентлер реферат жазатуғын еди. Сондай рефератларды компьютерде жазғанда, бир документке бир неше рет өзгертиўлер киритиўге туўры келген. Документти ҳәр дурыслап жазғанымызда базыда оның атын да өзгертип сақлап (сохранить) қоятуғын едик. Мәселен, "referat_130820", "referat_версия1", "referat_versiya2", "referat_versiyaFinal".
Енди усы рефератты мыңлап қатарлардан туратуғын коуд (code) деп елеслетип көриң. Және усы коудтың үстинде тек сиз емес, басқалар да бирге ислесип атыр. Сол девелоперлер (программист) ҳәр ўақытта коудқа өзгериc киритиўи мүмкин.
Бирақ сиз ҳәр күни азанда баслығыңызға соңғы рет өзгерис киритилген таза коудты көрсетиўиңиз керек. Сонда қалай қыласыз? Бирим-бирим басқа девелоперлерге қоңыраў етип шығып, коудты жыйнап шығасыз ба?
Әлбетте, жоқ. 🥵
Гит бар болғаны себепли бул жумыс әдеўир жеңиллести.
Гит бул коудты сақлап қойыўға, ҳәр бир өзгеристи бақлап барыўға, басқа девелоперлер менен ислесиўге жәрдем беретуғын күшли қурал есапланады. Ҳәр бир программист Git не екенин ҳәм оны қалай қолланыўды билиўи шәрт. Алдыңғы блогта Гит программасын "коуд версиясын қадағалаў системасы" деп таныстырған едим. Түсинбей қалған шығарсыз.
Жалпақ тилде айтқанда, қандай да бир коудқа киргизген өзгерислерди қадағалап барыў ушын пайдаланамыз.
Қалай қадағалаймыз сонда?
Коудқа қашан, ким тәрепинен, қай жерде өзгертиў, дүзетиў киритилгенин билиў ушын.
Кириткен өзгертиў себепли коудымыз ислемей қалса, бурынғы жақсы ислеп турған версиясына қайтарыў ушын.
Коудтың үстинде бир қанша адам бөлисип ислеп, коудқа үлесин қосыў ушын.
Коудтың арнаўлы версияларын жаратып, раўажландырыў ушын.
Мәселен, Инстаграм қосымшасының коудының бир қанша версиялары бар болыўы - тәбийий жағдай. Бир-еки жыл алдын Инстаграмда пул төлеп алыўға мүмкин болған көк белги (Галочка) хызмети пайда болды. Усы галочка хызметин қосымшаға қосыў ушын да Инстаграм қосымшасының коудының арнаўлы версиясы жаратылғаны анық.
Демек, Гит бул коудты қадағалаўға жәрдем бериўши қурал.
Git ҳәм Github?
Гит ҳәм Гитхаб қалай парық қылады?
Гит ҳаққында енди үйренип баслаўшылар Гит пенен Гитхабтың парқына жақсы бармаўы мүмкин.
Гит бул сол сизиң коуд жойбарыңызға киритилген барлық өзгерислерди бақлап баратуғын программа. Гит программасын компьютериңизге орнатыўыңыз керек болады. Ол офлайн тәризде ислейди.
Гитхаб бул платформа. Яғный сол Гит тәрепинен бақланатуғын коудыңызды Гитхаб деген онлайн вебсайтқа жүклейсиз. Неге дейсиз? Гитхаб деген платформа басқа девелоперлер менен бир проект үстинде дүньяның түрли мүйешинен турып бирге ислесиў имканиятын береди. Мен сизиң үйиңизге барып, жазған коудыңызды көширип алып келе алмайман.
Егер мен Гитхаб деп айтсам, астарында Гит, Гитхаб ҳәммесин көзде тутып атырған боламан.
Гитхабтан қалай пайдаланып баслаймыз?
Биринши, Гит деген программаны жүклеймиз. Пайдаланып атырған компьютериңиздиң операциялық системасы Windows деп ойлап, төмендеги қолланбаны жазып шықтым.
Гит рәсмий веб-сайтына барамыз: https://git-scm.com/downloads/win
Гит инсталлер жүклеп аламыз. Сол программаны иске қосамыз.
Гит программасын орнатып атырғанымызда, "настройканы" солайынша қалдырсаңыз да болады.
Гит баш деген терминал программа да орнатылады. Гит баш бул усы гит пенен ислесиўге жәрдем беретуғын қосымша/программа есапланады.
Екинши, Гитхаб деген веб-сайтта аккаунт жаратыўыңыз керек болады.
https://github.com/ рәсмий вебсайтқа барып, регистрация қылың.
Усы Гитхаб аккаунт ишинде сизиң онлайн код проектлериңиз жайласатуғын болады.
Усы жерге шекем оқып, түсингендей болсаңыз (яки түсинбесеңиз де), қалғанын төмендеги Youtube видеодадан үйренсеңиз болады.
Гит ҳәм Гитхабтан қалай пайдаланыў ҳаққында әмелиятта көрсетип түсиндиремен.
(Видеоны жақын арада Youtubeқа жайлап, усы жерге силтемесин/линкин қалдыраман.)



