37-блог: Билиў керек болған инглисше терминлер
“Компьютер илиминиң тили бул инглис тили.”
деп айтсам, "Е, яқшы" деп өтип кетпеўиңизди сорар едим. Ҳәр дайым "Не ушын, неге ондай?" деп сораў берип жүриң.
Неге көпшилик бағдарлама тиллери инглис тилинде жазылған?
Көпшилик технологиялық инновациялар инглис тилинде сөйлейтуғын еллерден келип шыққан. Ең биринши компьютер, ENIAC, АҚШта жаратылған.

Ең биринши бағдарламалық тил, Фортран, америкалылар тәрепинен жаратылған. Гигант IT компанияларға да көбинесе АҚШ яки Европа еллеринде тийкар салынған.
Сонлықтан, инглис тилин үйренген пайдалы. Ҳеш болмаса IT тилинде тез-тезден қолланылатуғын инглисше терминлердиң мәнисин билип қойыў әҳмийетли.
Бағдарлама тилиндеги инглисше терминлер бираз басқаша мәниске ийе. Мәселен, "push" деген сөз компьютер илиминде тиккелей "басыў, ийтериў, жылжытыў" деген мәнисти билдирмейди.
Сондай инглисше терминлердиң дизимин төменде келтирип өттим.
1. Тийкарғы түсиниклер
Variable - Айныўшы, өзгериўши
Компьютер ядында бир дана мағлыўматты сақлаў ушын ажратылған атамасы бар орын (тартпа).
let age = 30
Function - Функция
Белгили бир жумысты атқарыў ушын жазылған атамасы бар коуд бөлеги. Тәкирар пайдаланыўға болады.
Data Type - Мағлыўмат түри, Мағлыўмат типи
Айныўшының ишиндеги мағлыўматтың түри. Ол сан, текст, булев яки басқа болыўы мүмкин.
Parameter / Argument - Параметр
Функциядағы қаўсырманың ишинде жазатуғын мәнис. Мәселен, қәлеген еки санды қосатуғын функциямыз бар. Сол функцияның қаўсырмасына еки санды жазамыз. Усы еки сан параметр деп аталады.
add(34, 20);
Return - Қайтарыў
Функция өз тапсырмасын орынлап болғаннан кейин жуўапты қайтарыў жәраяны. Мәселен, жоқарыдағы функция 54 деген жуўапты "return" қылады.
2. Веб-сайт жаратыў
Frontend - Фронтенд
Қәлеген веб-сайт яки қосымшаның пайдаланыўшыға көринетуғын тәрепи.
Backend - Бэкенд
Веб-сайт яки программаның "пердениң артында" жумыс атқаратуғын сервер тәрепи. Бэкенд программаның тийкарғы хызмети, мағлыўмат базасы менен ислесиў, аутентификация ҳәм соған уқсаған жумысларды әмелге асырады.
API (Application Programming Interface) - API (ЕйПиАй)
Ҳәр түрли сервер яки программалар бир-бири менен сөйлесиўин тәмийинлеп беретуғын арнаўлы қағыйдалар ҳәм протоколлар топламы.
Database - Дейтабейс
Database бул мағлыўматлар базасы. Кореядағы күнделикли IT жумыс барысында көбинесе “DB” деп айтамыз. Шет елде "database" деп атайды.
3. Коуд пенен ислесиў
Bug - Баг
Веб-сайт яки программаның күтилмеген яки қәте ислеўине алып келетуғын коудтағы қәте, нуқсан, яки кемшилик.
Debug - Дебаг
Коудтағы баг яғный қәтени, кемшиликти дүзетиў жәраяны.
Version Control (e.g., Git) - Коуд версиясын қадағалаў
Коудқа қылған өзгертиўлерди бақлап барыў ушын арналған системаны Version control деп атайды. Сондай белгили version control системалардан Github, GitLab белгили. Бундай системалар проекттиң үстинде бир қанша адамлар ислесиўин жеңиллестирип береди. Және коудта үлкен кемшилик жүз берсе, алдыңғы саў версияларына қайтыў жәраянын аңсатластырып береди.
Repository (Repo) - Репо
Репо бул проекттиң коуды, файллары, ҳәм коуд версиялары сақланатуғын орайлық папка.
Terminal / Command Line - Терминал
Компьютерде текстли буйрық гәплерди жазып, әмелге асырыўға болатуғын программа. Төмендеги көриниске ийе болады.
IDE (Integrated Development Environment) - IDE
Коуд жазыў ушын арналған программа. Бағдарлама жазыўшылар ушын керекли нәрселерди инәм етеди. Документ жазыў ушын Word программасы керек болғандай, коуд жазыў ушын IDE керек. Eclipse, IntelliJ, VS Code, PYcharm уқсаған IDE түрлери бар.
Push - Пуш
Жазған коудымызды компьютерден басқа узақтағы серверге жибериў. Githubтағы репоға push қылыў деп айтыўға болады.
Pull - Пулл
Басқа сервердеги репоның ишиндеги таза коуд бөлеклерин компьютеримизге жүклеп алыў. Githubтағы реподан pull қылыў.
Build - Жаратыў
Жазылған коудты иске қосылатуғын программа яки библиотекаға айландырыў.
Deploy - Иске қосыў
Иске қосыў ушын таяр болған программаны серверге жүклеў. Солай қылсақ, жер жүзиндеги басқа пайдаланыўшылар бағдарламамыздан пайдалана алады.
Refactor - Рефакторлаў
Бурын жазылған коудтың сыпатын жақсылаў, өнимдарлығын асырыў ушын оның қурылысын өзгертиў ҳәм қосымша өзгерислер киритиў, тәртипке салыў.
Hardcode - Ҳардкоуд
Коудтың ишинде мәнислерди тиккелей жазыў. Көпшилик жағдайда ондай мәнислерди сырттан (арнаўлы файл яки пайдаланыўшының кириткен мәнисинен) алған жақсы әдет есапланады.
Legacy Code - Ески коуд
Ескиде ески усыллар менен жазылған бирақ елеге шекем пайдаланыўда болған коуд.
Ҳәзирше жоқарыдағы терминлер ҳаққында жазыўды жетерли көрдим. Инглисше IT терминлер еле де баршылық. Бирақ оларды ушын өз алдына блогта түсиндирген жақсырақ деп ойлап қойдым.




Assalam aleykum