35-блог: Айныўшылар ҳәм Объект ҳаққында 2-бөлим
Объект деген түсиник пенен көпшилик бағдарлама тиллеринде ушырасасыз. Соның ушын объект ҳаққында тийкарғы билимди үйренип қойыў жүдә пайдалы деп ойлайман.
Демек, JavaScript тилинде 8 түрли мағлыўмат типи бар еди. Солардың жетеўи "алғашқы" (primitive) есапланады. Себеби оларға тек бир қыйлы ҳәм бир дана мәнис жайғастыра аламыз.
Керисинше, объект бул өз ишине бир қанша ҳәм ҳәр түрли мәнислерди алыўы мүмкин болған, қурамалы мағлыўмат түри есапланады.
Қалай сонда? Тартпаны көз алдыңызға келтириң. Алдын ишине бир дана зат қоя алатуғын едик. Енди, Супер Макс Про тартпаны көз алдыңызға келтириң. Енди усы тартпаның ишине қәлегенимизше, ҳәр түрли зат қоя аламыз. Ҳәм усы супер макс про тартпаны объект деп атаймыз. (Айныўшы емес.)
Объекттиң де атамасы болады. Ҳәм оның ишине қойылатуғын мәнислерди белгили бир қағыйдаға тийкарланып жазамыз.
Биринши, объект буйралы қаўсырма яғный {} жәрдеминде жаратылады. Усы қаўсырманың ишине "гилт: мәнис" жуплығының дизимин жаратымыз. Объекттиң ишине усылай мағлыўмат жайластырамыз. Бул жерде гилт сол мәнистиң атамасы болады.
let student = {
name: "Бийбиназ",
age: 20,
country: "Қарақалпақстан",
specialty: "Жасалма Интеллект"
};Жоқарыда student деген объектти жәрияладық. Усы объекттиң ишинде name (аты), age (жасы), country (мәмлекети), specialty (маманлығы) сыяқлы гилт сөзлер берилген. Ҳәм ҳәр бир гилт сөзге тийисли мәнис берилген. Объекттиң мәнислерин қәлегенимизше өзгертсек болады.
let student = {
name: "Айзия",
age: 15,
country: "Қарақалпақстан",
specialty: "Физика"
}
Объектти қандай затқа мегзесек болады? Шкафтың ишинде турған документлерди елеслетип көриң. Документтиң сыртында атамасы жазылған болады. Документтиң ишинде файл бар. Бир нәрсе керек болса, документтиң атын излеп таўып алыў аңсат.
JavaScript тилинде объектти төмендегише жәрияласақ болады:
let student = new Object();
let student = {};Жоқарыда student деген объект бул бос турған объект есапланады. Еле оның ишинде гилт сөз бенен мәнис қоймадық.
Ал, төменде адам (person) деген объект жаратып, ишине мәнисин де жайладық:
let person = {
name: "Азамат",
age: 15
}Жоқарыдағы person деген объекттиң еки түрли қәсийети бар. Ҳәм усы еки түрли қәсийет гилт: мәнис сыпатында берилген.
Объекттиң ишиндеги мәнислерди өшире аламыз, және басқасын қоса аламыз. Объекттиң ишиндеги гилт сөзлерди . (ноқат) арқалы оқый аламыз, өгерте аламыз.
alert(person.name); // Азамат
alert(user.age); // 15Жоқарыдағы person деген объектимизди толықтырайық:
let person = {
name: "Азамат",
age: 15,
isStudent: true,
"likes palaw": true
}person деген объекттиң ишинде isStudent (студентпе?) ҳәм "likes palaw" (палаўды жақсы көреме?) деген гилт сөзлерди жайладық. Ҳәм олардың мәнисин бирге true (аўа, дурыс) деп алдық.
Итибар берген болсаңыз, егер еки сөзден туратуғын гилт сөз жаратқанымызда, сол еки сөзди тырнақшаның ишине алып жазамыз. Бирақ усы еки сөзли гилт . (ноқат) арқалы ашып оқый алмаймыз. Усы жерде [] квадрат қаўсырмадан пайдаланамыз.
alert(person["likes palaw"])Браузердиң консолында alert() қандай функция екенин бир тексерип көриң.
Объекттиң гилт сөзлерине санларды қолласа да болады.
let telephoneCodes = {
98: "Өзбекстан",
82: "Қубла Корея",
420: "Чехия",
1: "АҚШ"
};
Ҳәзирше объектлер ҳаққында басланыш билим жоқарыдағыдан ибарат. Кейинги блогларда объект қәсийетлери, методлары ҳаққында түсиндириўге ҳәрекет етемен.





Thank you for answer.
Men sizdi endi tapdim😎